Форум "Орайлық Азия - АҚШ" бирге ислесиў форматы жаратылғанының 10 жыллығына бағышланды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Форум шеңберинде регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты беккемлеў, терроризм, экстремизм ҳәм трансшегаралық жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша "С5+1" жумысшы топары шеңберинде биргеликтеги ҳәрекетлер, регионаллық ҳәм регионлараралық байланыслылықты арттырыў, соның ишинде, "Орта коридор"ды раўажландырыў, санлы ҳәм энергетикалық инфраструктураны кеңейтиў, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў, Америка ҳәм халықаралық финанс институтлары менен шерикликти тереңлестириў мәселелери көрип шығылды.

Қутлықлаў сөзинде ОАХИ директоры Жавлон Ваҳобов Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм АҚШ арасындағы экспертлик сөйлесиўдиң беккемлениўи еки ҳәм көп тәреплеме форматтағы бирге ислесиўди раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти. Оның сөзлерине бола, бундай форумлар әҳмийетли күн тәртибин додалаў ҳәм әмелий басламаларды ислеп шығыў ушын әҳмийетли майдан болып хызмет етеди.

Сөйлесиў ашық пикир алысыў тәризинде өтип, қәўипсизлик, экономика, энергетика ҳәм турақлы раўажланыў тараўларындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша анық усынысларды ислеп шығыў имканиятын берди.

Илаж регионаллық раўажланыўдың тийкарғы бағдарлары бойынша шерикликти беккемлеў ҳәм биргеликтеги жумыслар ушын платформаға айланған "Орайлық Азия - АҚШ" бирге ислесиў форматының 10 жыллығы шеңберинде айрықша әҳмийетке ийе болды.

Форум жумысында АҚШ ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң жетекши таллаў орайлары, мәмлекетлик уйымлар ҳәм жеке меншик шөлкемлердиң ўәкиллери, сондай-ақ, регионаллық институтлар ҳәм академиялық жәмийетшилик экспертлери қатнасты.