Фестиваль шеӊберинде Татарстан Республикасы басшысы Рустам Минниханов республикамыздыӊ делегация ағзалары менен ушырасты.
-Сизлердиӊ Татарстанға болған сапарыӊыз, өз-ара қатнасықларымызды еле де беккемлеўге, еллеримиз арасындағы ҳәр түрли тараўларды раўажландырыўға, соныӊ ишинде Қарақалпақстан Республикасы менен де байланысларымызды беккемлеўге хызмет етеди,―деди Рустам Минниханов.
Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Расул Зарикеев Қазанда өткерилип атырған фестивальдыӊ жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенлигин айрықша атап өтип, фестивальға мирәт еткенлиги ушын делегация атынан миннетдаршылық билдирди.
Сондай-ақ, фестиваль шеӊберинде ϴзбекстан Республикасыныӊ Қазандағы бас консулы Н.Косимов, бас консулдыӊ биринши хаткери К.Давронов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Р.Зарикеев, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаев, ϴзбекстан мәмлекетлик филармониясы директоры А.Тожибоевлар Татарстан Республикасы Мәденият министри И.Аюпова ҳәм Татарстан Республикасы мәмлекетлик туризм басқармасы баслығы С.Ивановлар қатнасыўында рәсмий ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда тәреплер өз-ара бирге ислесиў, әсиресе, еллеримиз арасындағы мәдений байланысларды беккемлеў, туризмди раўажландырыў, өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм алдағы ўақытта усы бағдарларда кеӊ көлемли жумысларды әмелге асырыў бойынша сөйлесиўлер алып барды. Сондай-ақ, бир неше жыллардан берли мәмлекетимиз бойлап өткерилип киятырған “Үш әўлад” ушырасыўларын Татарстанда да шөлкемлестириў, еки ел арасындағы туризм тараўында бирге ислесиў, Татарстанда мәмлекетимиздиң туристлик потенциалы менен кеңнен таныстырыўшы тур операторлар искерлигин жолға қойыў бойынша сөйлесиўлер алып барылды ҳәм мақсетли жойбарлар режелестирилди.
«Қазанда Шығыс базары» түркий ҳәм шығыс халықлардыӊ халықаралық фестивалыныӊ ашылыў мәресими өткерилип, онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев сөзге шықты. Сондай-ақ, фестивальдың ашылыў мәресимине бағышланған концерт бағдарламасында Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист, Башқуртстан халық артисти Б.Темирбаев ҳәм «Ниҳол» сыйлығы лауреаты А.Пиязовлар қатнасты. Соныӊ менен бирге Казан қаласында қарақалпақстанлы өнермент ҳәм художниклердиң көргизбеси өткерилди.
26-ноябрь күни Казан қаласындағы «Пирамида» концерт сарайында ϴзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер шеберлериниӊ атқарыўында «Дослық» концерти ҳәм оның шеңберинде уллы шайырымыз Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы кең түрде белгиленди.
Концертте атқарылған миллий мәдениятымыздыӊ сайланды үлгилеринен өзбек, қарақалпақ, татар тиллериндеги қосықлар, сондай-ақ, уллы шайыр Әжинияз Қосыбай улы дөретиўшилигинен орын алған нама қосықлар атқарылып, “Айқулаш” Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли тәрепинен атқарылған аяқ ойынлар, хореографиялық композициялар жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.
27-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев, Мәденият министри Б.Темирбаев, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы директоры А.Тожибаев, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директоры А.Аяпов ҳәм республикамыздан барған делегация ағзалары Қазан мәмлекетлик мәденият институтында болды.
Институт ректоры Роза Ахмадиева басшылығында оқыў орнының турмысы, студентлердиң билим алыўы ушын жаратылған шараятлар, илимий- инновациялық жойбарлар менен жақыннан танысты.
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы ҳәм Қазан мәмлекетлик мәденият институты ортасындағы бирге ислесиўди жәнеде раўажландырыў бойынша «Жол карта» сы тастыйықланды.
Усы күни Қазан мәмлекетлик мәденият институтында Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры директоры Байрам Айтмуратов ҳәм Қазан мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры директоры Ильнур Гайниевлар ортасында өз-ара бирге ислесиў, дөретиўшилик байланысларды беккемлеў бойынша меморандумға қол қойылды.
Буннан соң қарақалпақстанлы театр дөретиўшилери тәрепинен татар драматурги Т.Минуллинниң “Дилафрузға төрт ашық” спектакли қойып берилди. Спектакль тамашагөйлерде айрықша тәсир қалдырды.
-Қазанда өткерилип атырған үлкен фестиваль шеңберинде театрымыз жәмәәтиниң дөретиўшилик сапары сәтли болды. Казан мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры менен дүзген меморандумымыз шеңберинде алдағы ўақытта дөретиўшилик режелерди әмелге асырыўды мақсет еткенбиз,-дейди Б.Айтмуратов.
Татарстанда өткерилип атырған шығыс ҳәм түркий халықлардың халықаралық фестивалы шеңберинде “Кавказ ҳәм шығыс халықларының миллий ойынлары” атмасында шоу концерти болып өтти.
Онда “Айқулаш” Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли қатнасып, қарақалпақ миллий ойынларын фестиваль қатнасыўшыларына усынды.
30-ноябрь күни Татарстанда өткерилген «Қазанда Шығыс базары» түркий ҳәм шығыс халықлардыӊ халықаралық фестивалыныныӊ жуўмағына бағышланған гала концерт болып өтти. Қуўанышлысы, усы фестивальда “Айқулаш” Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли биринши орынды ийеледи ҳәм дүньяныӊ 40 тан аслам мәмлекетлери қатнасқан фестивальдыӊ жуўмақлаўшы гала концертинде ансамблимиз жәмәәти миллий мәдениятымыз үлгилеринен және бир мәрте фестиваль қатнасыўшыларына усынды.
Гүлмира Палўанова,
Қарақалпақстан Республикасы мәденият министрлигиниң баспасөз хаткери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.