Тахтакөпир районында үш жас үй менен тәмийинленди

    Бүгинги күнде елимизде социаллық қорғаўға мүтәж халықты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға мәмлекет тәрепинен кепилленген социаллық жәрдем ҳәм хызметлерди көрсетиў тараўына айрықша итибар қаратылмақта.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-августтағы ПҚ-5216-санлы қарары тийкарында мәмлекетимизде жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған жасларды қоллап-қуўатлаў, оларды еркин турмысқа таярлаў, мүнәсип шараятлар менен тәмийинлеў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

    Тахтакөпир районында, үш жасқа барлық қолайлықларға ийе еки бөлмели жеке турақ жайлар тапсырылды. Илажда район ҳәкими Жамбул Адилов қатнасып, ата-ана қарамағынан айырылған жасларға жаратылып атырған имканиятлар Президентимиздиң турақлы итибарында екенлиги, бундай жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға еркин турмыс кешириў ушын зәрүр шараятлар жаратыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири екенлигин айрықша атап өтти.

    Буннан соң, район ҳәкими, жуўапкер шөлкемлердиң басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында жасларға турақ жай гилтлери салтанатлы түрде тапсырылды.


    Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates