Бул ҳаққында «Өзбекстан – 2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы» ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманы жойбарында атап өтилген.

Бағдарламаның енгизилиўи себепли төмендеги нәтийжелерге ерисиледи:

– жәмийетшиликтиң пикири тийкарында барлық денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў мәкемелеринде қол жуўыў орынлары зәрүр санитария-гигиена қураллары менен тәмийинленеди;

– санитария-гигиена ханаларының техникалық жағдайы жақсыланады;

-санитария-гигиена ханалары жаңадан қурылып атырған мәкемелерде имараттың ишки бөлиминде жайластырылады;

– барлық түрдеги жәмийетлик санитария-гигиена ханалары, соның ишинде, улыўма аўқатланыў шөлкемлерин санитария-гигиена қураллары менен тәмийинлеўге байланыслы бағдарлама қабыл етиледи;

– 2025-жыл 1-августқа шекем Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм БМШтың халықаралық экспертлери тартылған ҳалда республиканың барлық социаллық тараў мәкемелеринде «2025-2028-жылларда Өзбекстанда санитария-гигиена системасын жақсылаў» бағдарламасы жойбары ислеп шығылып, Министрлер Кабинетине киргизиледи;

– әҳмийетлиси, мәмлекеттиң санитария-эпидемиология жағдайы ҳәм халықтың саламатлығы жақсыланады.

«Таза қоллар» бағдарламасы денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў мәкемелеринде санитария-гигиена ханаларының техникалық жағдайын жақсылаўға хызмет етеди.

Мағлыўмат ушын, Президент Пәрманы жойбары «Өзбекстан-2030» халық стратегиясы онлайн порталында кең жәмийетшиликтиң додалаўына қойылған. Жойбар 2025-жыл 22-январьға шекем кең жәмийетшилик ҳәм экспертлик додалаўларынан өткериледи. Онда сиз де белсене қатнасып, усыныс-пикирлериңизди uzbekistan2030.uz онлайн ҳәм @Ekologiyayilibot телеграм боты арқалы жибериўиңиз мүмкин!

Қарақалпақстан хабар агентлиги.