Таза суў – ҳәр бир шаңарақта: Нөкисте әҳмийетли жойбар әмелге асырылмақта

    14 қазан 2025 77

    Нөкис суў тазалаў объектиниң реконструкциядан кейинги қайта пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен ашылыў мәресими өткерилди.

    Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм «Ўзсувтаъминот» жәмийети басқарыўы баслығы Ахмад Суванкулов жыйналғанларды реконструкциядан шыққан жаңа объекттиң пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлап, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде, соның ишинде Қарақалпақстанда жүз берип атырған ири өзгерис ҳәм жаңаланыўларды үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

    Соны атап өтиўимиз керек, алдын «Нѳкис суў тазалаў» объектиниң улыўма қуўатлығы бойынша суткасына 60 мың куб метр суў жеткерип берилетуғын болса, Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы қарары тийкарында, бул объектке 86,6 млрд. сумлық реконструкция жумыслары алып барылып, суў жеткерип бериў көрсеткиши 90 мың куб метрге жеткерилди. «Нѳкис суў тазалаў» объекти ендигиден былай 279 мың халыққа емес, 340 мыңнан аслам турғынларды таза ишимлик суўы менен тәмийинлейди.

    Буннан тысқары, Нөкис қаласы, Тақыятас ҳәм Хожели районларында Жәҳән банкиниң 78 млн. долларлық қаржылары есабынан 286 километр канализация тармақлары ҳәм объектлеринде қурылыс жумыслары басланбақта. Сондай-ақ, Әмиўдәрья, Беруний, Қараөзек, Қоңырат, Мойнақ ҳәм Нөкис районларында Азия раўажланыў банкиниң 145 млн. долларлық қаржылары есабынан ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў жумыслары даўам еттирилмекте.

    Өткерилген салтанатлы илажда «Ўзсувтаъминот» жәмийети тәрепинен суў тазалаў объекти ҳәм ақаба суў тармақлары кәрханаларына арнаўлы автотранспорт қураллары тапсырылды.

    Соңынан илаж қатнасыўшылары объектте әмелге асырылған жумыслар менен жақыннан танысты.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates