баннер
31 Mar 2025
02:18

    Тәбият балалар нәзеринде

    29 Yanvar 2025 85

    Шоманай районындағы Бәркамал әўлад балалар мектебинде «2025-жыл – Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» мәмлекетлик бағдарламасына тийкарланып “Экология ҳәм биз” атамасында көргизбели кеше болып өтти.

    Кешеге Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги Шоманай районлық бөлими, Экология партиясы, Инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм инталы балалар бөлиминиң басшылары, бағдарлама методистлери ҳәм педагог хызметкерлер, дөгерек ағзалары қатнасты.

    Кешени мектептиң мониторинг ҳәм ғалаба илажларды шөлкемлестириўши қәнигеси Б.Кубенова алып барды.

    Кешеде дөгерек ағзалары тәрепинен таярланған дөретиўшилик жумысларының көргизбеси өткерилди. Қәнигелер тәрепинен қоршаған орталықтың патасланыўының алдын алыў, ана-тәбиятымызды таза ҳалында сақлаў бойынша кең түрде түсиниклер берилди.

    Кеше жуўмағында дөгерек ағзаларының дөретиўшилик жумыслары баҳаланып, олар бирге ислесиўши шөлкемлер тәрепинен таярланған Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech