Бүгин профессор Исламбек Рустамбеков Азия халықаралық арбитраж орайының ўәкиллери менен ушырасты.
Ушырасыўда ТМЮУ ҳәм Азия халықаралық арбитраж орайы арасында АDR, соның ишинде, арбитраж, Ислам арбитражы, спорт арбитражы, медиация бағдарлары бойынша бирге ислесиў, ТМЮУ студентлери ушын түрли билимлендириў ҳәм әмелият бағдарламаларын жолға қойыў, биргеликте түрли конференция, дөгерек сәўбети ҳәм басқа да илажларды шөлкемлестириў бойынша пикир алысылды.
Сөйлесиўлер жуўмағында еки мәкеме арасында түсинисиў меморандумына қол қойылады.
Сапар шеңберинде Исламбек Рустамбеков Азия халықаралық арбитраж орайының жумысы, бул жерде жаратылған шараятлар ҳәм имканиятлар, орайдың китапханасы менен жақыннан танысты.