Бул ҳаққында Иран ҳәкимият структураларындағы дерекке сүйенип, Al Jazeera телеканалы хабар берди, деп жазбақта Report.

Атап өтилиўинше, Тегеран “Иран шегарасынан сыртқа уран өткериўден бас тартқан ҳәм өз аймағында МАГАТЭ қадағалаўы астында байытыў дәрежесин азайтыўға таяр екенлигин билдирген”.

Буннан алдын АҚШ уран байытыўды 20 жыл даўамында тоқтатыўды талап еткени, бирақ Тегеран бул шәртти бийкар еткени ҳаққында хабар берилген еди.

Сол деректиң айтыўынша, “Вашингтон Иранның жоқары байытылған уранын Россияға бериў идеясынан бас тартқан ҳәм оны алыў ушын мүмкин болған үшинши мәмлекетти усыныс еткен”.