Транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, экспорт потенциалын кеңейтиў, экономика тармақларын үзликсиз логистика менен тәмийинлеў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады.

Темир жол тараўында да кең көлемли өзгерислер әмелге асырылмақта. Олар тараўды түп-тийкарынан модернизациялаў, өндирис қуўатлықларын кеңейтиў ҳәм вагонлар паркин басқышпа-басқыш жаңалаўға хызмет етпекте.

Атап айтқанда, 2023-2025-жылларда 105 миллион долларлық жойбар шеңберинде 1 мың 590 ярым ашық жүк вагонлары ислеп шығарылған. Бул ишки ҳәм халықаралық тасыўларда жүк айланысын арттырыў, логистика шынжырларының турақлылығын тәмийинлеў имканиятын берди.

"Өзбекстан темир жоллары" акционерлик жәмийети қурамында жүк ҳәм жолаўшы вагонларын ислеп шығарыў ҳәм вагон қурылысы кәрханаларын модернизациялаў бойынша 2025-2026-жылларға мөлшерленген 150 миллион долларлық жойбардың екинши басқышы басланды. 954 жүк ҳәм 70 жолаўшы вагонын ислеп шығарыў нәзерде тутылған.

Бүгинги күнге шекем жойбар шеңберинде 45 жолаўшы вагоны ҳәм 340 систерна ислеп шығарылған. Усы жылдың ақырына шекем және 614 жүк вагоны ҳәм 25 жолаўшы вагоны ислеп шығарылады.

Жақын жылларда жүк вагонларын ислеп шығарыўды және де көбейтиў мақсетинде жақында Президентимиздиң айрықша қарары қабыл етилди. Ҳүжжетке муўапық, қосымша 100 миллион доллар ажыратылып, 1 мың 350 жүк вагоны жеткерип бериледи. Оның ушын санаат кәрханаларының қуўатлылығын 1,5 есеге арттырып, усы жылдың өзинде 2 мың жүк вагонын ислеп шығарыў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге вагонлар паркин модернизациялаў, тасыў көлемин арттырыў ҳәм қәрежетлерди оптималластырыў бойынша тапсырмалар берди.