Термиздеги Халықаралық транспорт-логистика хабына БМШтың жаңа статусы берилди

    11 ақпан 2025 651

    Бүгин Термизде жайласқан Халықаралық транспорт-логистика хабына БМШ Қашқынлар ислери бойынша Жоқары комиссары басқармасы Глобал тәмийнат тармағы статусын бериўге бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

    Онда Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, БМШ ўәкилханасы, Қашқынлар ислери бойынша Жоқарғы комиссары басқармасының аймақлық офиси ҳәм оның Аўғанстан бөлими жуўапкерлери, Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги, Шегара әскерлери ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.

    Мәресимде шығып сөйлегенлер Президентимиздиң басламасы менен кейинги жылларда БМШ ҳәм ҳәр қыйлы халықаралық шөлкемлер, сырт мәмлекетлердиң Аўғанстан ҳәм басқа да мәмлекетлерге гуманитарлық жәрдемниң орайласқан, системалы, мақсетли жеткерилиўин тәмийинлеў ушын қолайлы шараят жаратыўға айрықша итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.

    Хабтан гуманитарлық жәрдем көрсетиў ушын пайдаланып атырған мәпдар халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт мәмлекет ўәкиллерине барлық шараят жаратылған. Оның БМШ Қашқынлар ислери бойынша Жоқарғы комиссары басқармасы Глобал тәмийнат тармағына киргизилиўи бул бағдардағы жумысларды буннан былай да нәтийжели жолға қойыўда үлкен әҳмийетке ийе.