Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң буйрығы менен 2025-2026-оқыў жылында 599 техникумға 370 кәсип ҳәм қәнигелик бойынша қабыллаў параметрлери тастыйықланды.
Соннан:
- мәмлекетлик грант тийкарында - 205 729;
- төлемли-контракт тийкарында - 105 280 дана.
Соның менен бирге, халықаралық билимлендириў бағдарламалары енгизилетуғын 14 техникумға жәми 1680 оқыўшыны мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етиў белгиленди.
Қабыллаў параметрлеринде 9-класс питкериўшилери ушын 515 техникумға жәми 139 245 квота (толық мәмлекетлик грант), 11-класс питкериўшилери ушын 549 техникумға жәми 171 764 квота (соннан 66 484 грант) ажыратылған.

