Медициналық мәкемелерди үскенелеў мәселелери көрип шығылды

    Мәмлекетимиз басшысы медицина мәкемелерин үскенелеў ҳәм хызметлердиң сапасын арттырыўға байланыслы усыныслардың презентациясы менен танысты.

    Халықтың саламатлығын беккемлеў ҳәм емлеўдиң сапасын арттырыў мақсетинде емлеўханалар заманагөй үскенелер менен тәмийинленбекте. Оның ушын бюджеттен ҳәр жылы кеминде 100 миллиард сум ажыратылмақта. Сондай-ақ, өткен жылдың өзинде медицинаны жоқары технологиялық үскенелер менен тәмийинлеў ушын 200 миллион доллар сырт ел инвестициясы, 94 миллион доллар грант тартылды.

    Нәтийжеде бурын тек ғана республика мәкемелеринде болған компьютер томография, магнит резонанслы томограф, ангиографлар ҳәзир ўәлаятларда, онлаған районларда да бар. Бул қәнигелескен хызмет халыққа және де жақынласты, дегени.

    Усы жылы бул мақсетлерге мәмлекет есабынан 200 миллиард сум ажыратылған. Сондай-ақ, медицинаға 370 миллион доллар сырт ел инвестициясы киргизилиўи мөлшерленген.

    Презентацияда медицина мәкемелерин үскенелеў бойынша режелер баян етилди.

    Атап айтқанда, Азия раўажланыў банкиниң 100 миллион доллар қаржысы есабынан республикадағы 230 туўыў мәкемеси ушын 45 түрдеги 21 мың медициналық үскене ҳәм 6 реанимобил сатып алынады.

    Германияның KfW банкиниң 30 миллион евро қаржысы есабынан Қарақалпақстан ҳәм Хорезмдеги 19 медицина мәкемеси жүрек-қан тамыр кеселликлерин емлейтуғын 862 үскене менен тәмийинленеди. Және усы банктиң 13,5 миллион евро гранты есабынан Термиз қаласында оқыў орайы, студентлер турақ жайы қурылады. Бул орай заманагөй оқыў-симуляция ҳәм мәлимлеме технологиялары менен үскенеленеди.

    Мәмлекетимиз басшысы үскенелеў бул мәселениң тек ғана бир бөлеги екенин, оларда ислей алатуғын маман қәнигелерди ҳәзирден таярлаў керек екенлигин атап өтти. Тийисли мәкемелердеги шыпакер ҳәм мийирбийкелерди қосымша оқытыў ўазыйпасы қойылды.

    Үскенелерден нәтийжели пайдаланыў да әҳмийетли. Мәселен, ўәлаятларда ангиографлар жүклемеси орташа 34 процент. Томограф бойынша жағдай да ҳәр қыйлы.

    Сол себепли, ҳәкимликлер менен бирге, мәмлекетлик емлеўханалардағы жоқары технологиялық үскенелерден нәтийжели пайдаланыў бойынша ауторсинг ҳәм жеке меншик шериклик жойбарлары жолға қойылатуғыны белгиленди.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates