2023-жыл апрель-май айларында Өзбекстанда өткерилген бул изертлеўде барлық аймақлардан таңлап алынған 166 мектептен жәми 8800 оқыўшы (соннан, 4450 4-класс ҳәм 4350 8-класс) қатнасты.
Сондай-ақ, усы мектеплердиң 166 директоры және 1035 математика ҳәм тәбийий пәнлер бойынша муғаллимлери сораўнамаларда қатнасты.
8-класс оқыўшылары нәтийжелери:
Халықаралық есабат таллаўы нәтийжелерине бола, Өзбекстандағы 8-класс оқыўшыларының математика тараўында билим дәрежеси бойынша орташа көрсеткиши 421 балл болып, қатнасыўшы 44 мәмлекет арасынан 32-орынды ийелеген. 8-класс тәбийий пәнлер (Science) саўатлылығы бойынша болса қатнасқан 44 мәмлекет арасынан 396 балл менен 39-орынды ийеледи.
4-класс оқыўшылары нәтийжелери:
Изертлеўде қатнасқан өзбекстанлы 4-класс оқыўшылары тәбийий пәнлер (Science) саўатлылығы бойынша 412 балл топлады ҳәм қатнасыўшы 58 мәмлекет ишинде 54-орынды ийеледи. Математика саўатлылығы бойынша болса қатнасыўшы 58 мәмлекет ишинде 443 балл менен 50-орынды ийеледи.
Өзбекстанда 4-класслардағы қызлар (446 балл) математика бағдарында ул балаларға (440 балл) қарағанда жақсы нәтийже көрсеткен болса, тәбийий пәнлер бағдарында да тап усындай айырмашылық сақланып қалған (қызлар 414 балл, ул балалар 409 балл).
Тәбийий пәнлер бағдарында 8-класслардағы қызлар (395 балл) ҳәм ул балалар (396 балл) дерлик бирдей нәтийже көрсеткен болса, математика бағдарында ул балалар (426 балл) қызларға (416 балл) қарағанда жоқары нәтийже көрсеткен.
Еслетип өтемиз, Өзбекстан бул изертлеўде биринши мәрте қатнасты.