Өтип баратырған жылға бир нәзер

    31 желтоқсан 2024 42

    Жана 2025-жыл инсаниятқа жаңа үмитлер бағышлап, босағамызға келип тур. Бул байрамды ҳәр жылы елимизде де көтериңкилик руўхта белгилеў дәстүрге айланған. Барлық дыққатқа ылайық орынларда, қала ҳәм район орайларында үлкен шырша ағашлары орнатылып, әтирапы безелип, ҳәммениң кеўилинде байрам кейпияты ҳүким сүрмекте.

    Нөкис қаласындағы орайлық майданға орнатылған шырша әтирапы да ҳәр күни қала турғынлары ҳәм келген мийманлар менен толы. Олар арасында сиңлилери менен келген жас илимпаз Айшолпан Оразымбетова да бар екен.

    – Бул жыл мен ушын да жақсы жаңалықларға толы жыл болды. Күни кеше Ташкент қаласынан келдим. Ол жерде Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының президенти, академик Ш.Аюповтың жас илимпазлар менен ашық сәўбетлесиўи өткерилди.

    Ол жерде қатнасыўшылар жас илимпазлардың заманагөй билимлерди ийелеўи, илим алыўға болған қызығыўшылығын арттырыў, оларға илимий мотивация бериў, жас илимпазлардың илимий жумыслары және бул процессте оларды қыйнап атырған мәселелер бойынша өз-ара пикир-алысты.

    Сондай-ақ, усы илажда жыл даўамында нәтийжели жумыс ислеген жас илимпазлар ҳәр қыйлы номанациялар бойынша, олардың қатарында мен де ең белсенди жас илимпаз сыпатында сыйлықланып, саўғалар тапсырылды,-дейди Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар пәнлер илимий-изертлеў институтының таяныш докторанты Айшолпан Оразымбетова.

    Бүгин үкелеримди қыдыртып үлкен шыршаға алып келдим. Ҳәммениң кейпияты жақсы көринеди. Мениң де қуўанышым шексиз. Ендиги жыл да халқымыз ушын жақсы жыл болып келип, ҳәммениң арзыў-әрманлары иске аса бергей.

    Ә.Жийемуратов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.