Ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы қатнасықлардың беккемленип атырғанын сәўлелендириўши 2025-жылға мөлшерленген кең ҳәм перспективалы күн тәртибиндеги мәселелер додаланды ҳәм 2025-2026-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды.
Саўда ҳәм инвестициядан баслап мәдений байланыслар ҳәм глобал қәўип-қәтерлерге шекемги тараўларды қамтып алған бирге ислесиўимиздеги жаңа имканиятлар бойынша пикир алыстық. Өз-ара абаданлық ҳәм турақлылық жолындағы улыўма умтылысларымызды және бир мәрте тастыйықладық, - деп жазады Бахтиёр Саидов өзиниң Телеграм каналында.