Сапар бағдарламасы шеңберинде жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер және Өзбекстан ҳәм Тәжикстан жетекшилериниң басшылығында Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң биринши мәжилиси болып өтеди.
Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў мәселелери болажақ илажлардың мазмунлы күн тәртибиниң тийкарғы темалары болады.
Сиясий сөйлесиўди беккемлеў, саўда-экономикалық ҳәм аймақлараралық бирге ислесиўди кеңейтиў, санаат кооперациясы, транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты тереңлестириў, суў-энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеў, кең көлемли мәдений-гуманитарлық алмасыўларды даўам еттириўге айрықша итибар қаратылады.
Мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер, көп тәреплеме форматлар шеңбериндеги бирге ислесиў бойынша пикир алысады.
Сондай-ақ, бир қатар жаңа қоспа жойбарларды баслаў, көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға қаратылған еки тәреплеме ҳүжжетлердиң салмақлы топламына қол қойыў нәзерде тутылған.