баннер
3 Mar 2025
03:26

    Қыйтақ жер ҳәм дийқаншылық жерлеринде жоқары дәраматлы егинлер жетистириў бойынша жаңа басламалар алға қойылды

    Президент Шавкат Мирзиёев 30-январь күни қыйтақ жерде ҳәм ижараға берилген егислик жерлерде дәраматлы өним жетистириўдиң жаңа системасы бойынша мәжилис өткерди.

    Факторлық ҳәм структуралық өзгерислер себепли аўыл хожалығы майданларынан мол зүрәәт алынбақта. Соның менен бирге, басқа жерлерди де "экономикалық актив"ке айландырыў, адамларды жумыслы етип, дәраматын арттырыў илажлары көрилмекте.

    Мәселен, 5 миллионнан аслам шаңарақта 508 мың гектар қыйтақ жер, бурын шөлкемлестирилген дийқан хожалықларында 17 мың гектар ҳәм соңғы жылларда халыққа тарқатылған 260 мың гектар жер бар. Бул азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде ең үлкен резерв.

    Өткен 7 жылда қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықларын қоллап-қуўатлаў ушын жәми 2,3 триллион сум жеңиллетилген кредит ҳәм 265 миллиард сум субсидия берилген. Адамлардың көнликпесинен келип шығып, 5 мың 145 мәҳәлле мийўе-палыз жетистириў, көк шөп жетистириў, лимон жетистириў сыяқлы бағдарларға қәнигелескен.

    Ең тийкарғысы, адамлар жерде ислеўди, заманагөй агротехнологияларды қолланыўды жақсы үйренди. Бурын қыйтақ жерден гектарынан орташа 18 тонна өним алынған болса, ҳәзирги ўақытта бул 2 есеге артып, 38 тоннаға жетти.

    Мәҳәллелерде қосымша 470 мың тонна мийўе-палызларды сақлаў, сортлаў ҳәм қайта ислеў қуўатлықлары жаратылды. Бул бағдарда жақсы тәжирийбе жаратқан район ҳәм мәҳәллелер жүдә көп. Асака, Жандар, Шаҳрисабз, Уйчи, Қызылтепа, Янгийўл, Тайлақ, Ангор, Қува, Алтыарық сыяқлы онлаған районларда адамлар қыйтақ жерден 2-3 мәрте өним алып, бир сотихтан орташа 15-20 миллион сум дәрамат алмақта.

    Бундай жумысларды басқа орынларда да раўажландырыў ушын халық, қайта ислеўшилер ҳәм экспортшылардың усыныслары үйренилди.

    Мәселен, самарқандлы бағманлар жүзим нәлин шпалерге өткериў ушын субсидия бериўди сорады. Бундай усылда өним 2 есе артады. Бул қоллап-қуўатланып, ҳәр бир шпалер ушын 15 мың сумға шекем субсидия ажыратылатуғын болды. Сондай-ақ, киш-мишти аспа усылда кептириў үскенелери ушын шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде жеңиллетилген кредит берилетуғыны айтылды.

    Сурхандәрья ўәлаяты Денов районындағы Тасмасой мәҳәллесинде 875 шаңарақ қыйтақ жеринде цитрус мийўе нәли ҳәм лимон жетистирип, ҳәр бири жылына 200 миллион сумға шекем дәрамат алмақта. Сариосиё ҳәм Алтынсайдағы мыңнан аслам шаңарақлар да "ҳандак" ҳәм "термос" усылында лимон жетистириў басламасын билдирген.

    Янгийўллы дийқанлар да өзлеримиздиң көк шөп туқымлары жоғалып кеткени, сапалы сорт жетиспей атырғанын айтқан. Булар бойынша жағдайды дурыслаў, халықтың басламаларын әмелге асырыў бойынша көрсетпелер берилди.

    Мәмлекетимиз басшысы қыйтақ жер ҳәм дийқаншылық жерлеринде жоқары дәраматлы ҳәм экспортқа қолайлы егинлерди егиў, олардың есабын жүргизиў ҳәм қаржыландырыў бойынша жаңа басламаларды мәлим етти.

    Дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жерди раўажландырыў бойынша өз алдына кеңес дүзиледи. Ол халықты оқытыўдан баслап, туқым, нәл жеткерип бериў, өним жетистириў, қайта ислеў ҳәм экспортқа шығарыў шынжырын жаратыў менен системалы шуғылланады.

    Бул кеңес басқаратуғын "Узагростар" холдинг компаниясы шөлкемлестириледи. Онда 9 мәмлекетлик банк бул холдинг қурамында мийўе-палыз жетистириў бағдарларына қәнигелескен 15 компанияны ашады. Бул компаниялар мийўе-палыз жетистириў бойынша өз брендин жаратқан 15 драйвер районды жаңа басқышқа алып шығып, олардың тәжирийбесин және 72 районда ғалаба ен жайдырады.

    Ҳәр бир компанияға бюджеттен 20 миллиард сумнан қаржы ажыратылады. Оған қосымша банклер де өзлери жуўапкер болған қәнигелескен компанияға 10 миллион доллардан қаратады. Қыйтақ жер кеңесинде өз алдына қор шөлкемлестирилип, дәслепки басқышта 260 миллиард сум пул ҳәм 1,2 триллион сумлық кредит портфели бериледи.

    Буның есабынан банк басшылары бириктирилген районлардағы қәнигелескен мәҳәллелердиң халқын өзине қарыйдар етип, қаржы менен тәмийинлейди. Қыйтақ жерде зүрәәтти көбейтиў ушын шеттен жаңа технология ҳәм экспертлер алып келеди. Шаңарақларға зүрәәтли туқым ҳәм нәл, сапалы төгин жеткерип бериў, агротехникалық хызметлер көрсетиў, өнимди қайта ислеў, сақлаў ҳәм экспорт етиўде жәрдемлесетуғын система шөлкемлестириледи.

    Туқымгершилик институтлары менен бирге ислесиў раўажландырылады. Таңлап алынған районларда "жасыл" ыссыханалар шөлкемлестирилип, үлги етиледи.

    Улыўма, халықтың қыйтақ жеринде азық-аўқат жетистириўди қаржыландырыў ушын дерлик 5 триллион сум қаратылатуғыны белгиленди.

    Дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша имканиятлар жаратылады.

    Соның ишинде, мәҳәлле ҳәм шаңарақларда музлатқыш, қадақлаў, кептириў, қайта ислеў қоймаханалары ҳәм ыссыханалар қурылып, халыққа 5 жылда бөлип төлеў шәрти менен таяр ҳалда бериледи. Қыйтақ жер хызметлерин жолға қойған исбилерменлерге 7 жыл мүддетке 17,5 процентлик жеңиллетилген кредит ажыратылады. Халық ҳәм дийқанлардың ең үлгили жойбарлары ушын ҳәр жылы 20 миллиард сумлық грантлар жәрияланады. Онда 500 мәҳәлледеги ең үлкен жойбарға 40 миллион сумнан грант бериледи.

    Соның менен бирге, мәҳәлледе экспортқа қолайлы өним жетистириўди жолға қойған уста-дийқанларға 100 миллион сумға шекем, қысқа мүддетли оқыў курсын шөлкемлестиргенлерге 5,5 миллион сум субсидия ажыратылады. Суў тәмийнаты аўыр жерлерде жаўын суўын топлаў ҳәм сақлаў сыйымлылығын қурыў қәрежетиниң ярымы қаплап бериледи.

    Және бир жаңалық - Аўыл хожалығы қорынан мийўе-палыз жетистириў ҳәм қайта ислеў жойбарларына кредит ажыратыўда гиреў талап етилмейди. Бунда қамсызландырыў полисиниң өзи жетерли болады. Дийқанларға артықша ҳүжжетлерсиз жеңиллетилген кредит бериледи.

    Қыйтақ жер ҳәм дийқан хожалығы жерлери, оларда жетистирилген өнимниң есабын жүргизиў бойынша да жаңаша система болады. Оның ушын жылдың ақырына шекем қыйтақ жерлер ҳәм егислик жерлер айрықша классификацияланады. Оларда егилген нәрсе "онлайн мәҳәлле" платформасына киргизиледи.

    Жерден нәтийжели пайдаланып, бир сотихына 5 миллион сумнан жоқары рәсмий дәрамат алыўшы дийқанларға жер салығының 90 проценти "кешбек" сыпатында қайтарып бериледи. Керисинше, қыйтақ жерине егин екпегенлерден жер салығы арттырылған муғдарда өндириледи.

    Ҳәзир бул тараўда "санлы базар" болмағаны ушын дийқанлар мийўе-палызға қарыйдар, қайта ислеўшилер ҳәм экспортёрлар болса өним излеп жүрмекте. Соның ушын оларды өз-ара байланыстыратуғын "маркет плейс" иске қосылады.

    Кейинги үш жылда 260 мың гектар жер халыққа бөлинип берилген еди. Енди бул жетилистирилип, Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Жиззақ ҳәм Ташкент ўәлаятында бос турған 3 мың 300 гектар жер тәжирийбе тәризинде жаңаша тәртипте ижараға бериледи. Онда, контурлар 3 гектардан 50 гектарға шекемги пүтин ҳалда саўдаға шығарылып, 49 жылға ижараға бериледи.

    Ең әҳмийетлиси, бул жерлер топырақ қурамы ҳәм сапасының анализи, кепилликли суў лимитиниң ең төменги ҳәм ең жоқары шегаралары көрсетилген ҳалда аукционға қойылады. Онда тек ғана усы аймақтағы емес, ал басқа ўәлаяттағы исбилерменлер де қатнасып, жер алыўы мүмкин болады. Аукцион басланғыш баҳасын төменлетип барыў ҳәм бир мәрте төлеў шәрти менен өткериледи. Ол жерлердиң бир бөлегине сақлаў ҳәм қадақлаў қуўатлықларын қурыўға да рухсат бериледи.

    Келеси жылдан аўыл хожалығы жерлери ушын салық есаплаў тәртиби де өзгереди. Ижараға берилген жердиң балл-бонитети артса, төленетуғын салық өзгермейди, керисинше түсип кетсе, салық ставкасы 3 есеге артады.

    Елимизде ең көп пайдаланылатуғын өнимлерден бири картошка болып есапланады. 290 мың гектарда егилген болса да, талаптың бир бөлеги импорттан қапланбақта. Себеби сорт ҳәм өнимдарлық жақсы емес.

    Сол себепли Картошка жетистириў илимий-изертлеў институтына ықлымға сай, өнимдарлы сортларды жаратыў, "ин-витро" усылында жылына 3 миллион түйнек жетистирип, тарқатыў ўазыйпасы қойылды.

    Быйыл картошка жетистириўди раўажландырыў ушын Аўыл хожалығы қорынан 400 миллиард сум қаратылады. Сырттан алып келинетуғын туқымлық картошка үш жылға бажыхана бажысынан азат етиледи. 2027-жылдан картошкаға талап толық ишки имканият есабынан қапланыўы режелестирилген.

    Сондай-ақ, өнимди жетистириў ҳәм қайта ислеў ушын техникалар жеткерип бериў, дийқанларға қолайлы лизинг өнимлерин усыныў бойынша тапсырмалар берилди.

    Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы аймақлардағы шебер дийқанлар ҳәм қыйтақ жер ийелери менен сөйлести. Олардан бири - ҳәўлисиндеги ыссыханада жылына 4 мәрте өним алып, жоқары дәрамат алып атырған қарақалпақстанлы Генжемурат Турдымуратов "Дўстлик" орденине мүнәсип деп табылды.

    Жуўапкерлер ҳәм банк басшылары усы жаңа басламаларды енгизиў, 1 миллион 500 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәлимлеме берди.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech