Тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санаатында қайта ислеў шынжыры раўажландырылады

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санаатында қайта ислеў шынжырын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы (ПП-6-санлы, 16.01.2025-ж.) қабыл етилди.

    Пәрманға бола, 2025-2027-жылларда тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санаатында қайта ислеў шынжырын раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди:

    өнимлердиң экспортын 2025-жылы 4,0 миллиард АҚШ долларына, 2026-жылы 5,0 миллиард АҚШ долларына ҳәм 2027-жылы 7,0 миллиард АҚШ долларына жеткериў;

    АҚШ ҳәм Европа мәмлекетлери базарларына таяр өнимлердиң еэкспортын 500 миллион АҚШ долларына жеткериў;

    алдынғы технологияларды ҳәм заманагөй дизайнерлик исленбелерди кеңнен енгизиў және халықаралық брендлерди тартыў арқалы жәми экспортта таяр тигиў-трикотаж өнимлериниң үлесин 70 процентке жеткериў;

    жипти терең қайта ислеўди буннан былай да раўажландырыў мақсетинде 5,0 миллиард АҚШ доллары муғдарында сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлерин тартыў.

    Тоқымашылық тармағында қайта ислеўди тереңлестириў ушын қолайлы финанслық шараятлар жаратыў мақсетинде белгиленген қоллап-қуўатлаў механизмлери енгизиледи.

    Жергиликли өнимлер ҳәм брендлерди халықаралық "маркетплейс"лерде үгит-нәсиятлаў, жайластырыў ҳәм рекламалаў бойынша “Made in Uzbekistan” бағдарламасы әмелге асырылады.

    "Саўданы раўажландырыў компаниясы" АЖ жанында факторинг шөлкеми шөлкемлестириледи.