Әзербайжан пайтахты Баку қаласында болып өткен "Үлкен Дубулға" түрине киретуғын абырайлы турнир өз жуўмағына жетти.
Сыйлық қоры 154 000 евроны қурайтуғын жарыста планетамыздың 4 континенти 36 мәмлекетинен жәми 258 (166 ер, 92 ҳаял) дзюдошы медаллар ҳәм жәҳән рейтинги ушын берилетуғын баҳалы очколар ушын беллести.
Япония ушын арналған жарыста Өзбекстан сайланды командасының үлкен қурамдағы дзюдошылары да өзлериниң әўметлерин сынап көрди. Турнирде тийкарынан жас, халықаралық тәжирийбеси аз болған дзюдошыларымыз қатнасты. Медаль қолға киргизилмеген болса да, бирақ жаслар өзлери ушын тәжирийбе алды, деп жазады Өзбекстан дзюдо федерациясы баспасөз хызмети.
Бронза медалы ушын гүрескен Азизбек Ортиқов жуўмағында бесинши орынды ийеледи. Соғдиёна Рафкатова, Маржона Нуруллоева, Азизбек Авазмуродов ҳәм Рустам Шораҳматов 7-орынды ийеледи.
Медаллар қоры бойынша дзюдо ўатанының ўәкиллери толық жетекши болды. Баку "Үлкен Дубулға" турнири тап Япония чемпионатына уқсап кетти. Күншығыс елиниң дзюдошылары 10 алтын, 4 гүмис, 3 бронза медалы менен улыўма командалық есапта биринши орынды ийеледи. Күшли үшликти Германия ҳәм Әзербайжан сайланды командалары жуўмақлап берди. Жәми 22 мәмлекет делегациялары өз үйлерине жарыстың кеминде бир бронза медалы менен қайтты.
Хабарда айтылыўынша, Ташкент Гранд Слам турнирине усы жылдың 28-февраль - 2-март күнлери пайтахтымыздағы "Юнусабад" спорт комплекси "Үлкен Дубулға" түриндеги абырайлы жарысқа басшылық етеди.
Өзбекстан сайланды командасы үй ийеси сыпатында ҳәр бир салмақ категориясында 4 тен дзюдошы менен қатнасыў имканиятына ийе. Ҳәзирги ўақытқа шекем 3 континенттиң 25 мәмлекетинен жәми 266 (130 еркек, 136 ҳаял) дзюдошы Ташкентке келиўин тастыйықлаған. Еле бул сан артып барады.