Ташкент келбетин жақсылаў режелери таныстырылды

    Сиясат 9 шілде 2025 3570

    Мәмлекетимиз басшысы Ташкент ҳәм Жаңа Ташкент қаласы ушын "шешимлер атласы" презентациясы менен танысты.

    Мәмлекетимиздиң экономикалық раўажланыўы пайтахтымыздың келбетинде айқын көринеди. Барлық районлар ҳәм қала әтирапында қурылыс пәти жедел. Кейинги жылларда Жаңа Ташкент қурылысы да басланып, бир пүтин мегаполиске айланбақта.

    Аймақты турақлы раўажландырыў мақсетинде Ташкент қаласының 2045-жылға шекемги дәўирге мөлшерленген бас режеси қабыл етилди. Онда қаланың қурылыс режелери, инженерлик ҳәм жол-транспорт инфраструктурасы, қорғаў аймақлары бойынша тийкарғы көрсеткишлер белгиленген.

    "Шешимлер атласы" усы Бас режениң логикалық даўамы болып, онда қаланың сыртқы көриниси, көшелер орталығы бойынша улыўма талаплар атап өтилген. Бул каталог-мағлыўматнама қурылмаларды жойбарлаў, орнатыў ҳәм олардан пайдаланыў қагыйдаларын қамтып алған бес китаптан ибарат. Ҳәр бир бөлимде жәмийетлик орынларды шөлкемлестириў ҳәм абаданластырыў, имаратлардың сыртқы бөлегин бирден-бир архитектуралық көриниске келтириў бойынша усыныслар берилген.

    Мәселен, ҳәзирги стандарт бойынша жолларды қурыў ҳәм оңлаў қатнаў бөлегиниң "қызыл сызығы"на шекем орынланады. Раўажланған қалалар тәжирийбесинде бул көшениң еки тәрепиндеги имараттан имаратқа шекем принципинде әмелге асырылады. Сонда аралықта қараўсыз жер қалмайды, жол бойы тутас ҳәм сәйкес абаданластырылады.

    Атлас қала орталығын жойбарластырыўда турақлы раўажланыў мақсетлерин ҳәм миллий колоритти енгизиўге хызмет етеди. Үйлесимли ҳәм экологиялық таза орынларды жаратыўға жәрдемлесип, халықтың турмыс сапасын жақсылайды. Ашық жәмийетлик орынларды раўажландырыў бойынша жаңа жойбарларда қәтелерге жол қоймаў имканиятын береди.

    Презентацияда бул талаплардың мазмун-мәниси ҳәм оннан келип шығатуғын ўазыйпалар көрип шығылды. Қаланың өзине тәнлигин сақлаған ҳалда келбетин және де жақсылаў, жол бойларын абаданластырыў, турмыс мәдениятын арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates