Мәмлекеттиң жоқары экономикалық өсиў пәтлери, мәмлекеттиң жедел сыртқы сиясаты, халықаралық бирге ислесиўдиң кеңейиўи, Өзбекстанның исбилерменлик ҳәм туризм орайына айланыўы инфраструктураны жедел ҳәм тең салмақлы раўажландырыўды талап етпекте. Бул бағдарда заманагөй транспорт тармақлары, хызмет көрсетиў объектлери ҳәм жәмийетлик имаратларды қурыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Презентацияда елимиздиң ҳәр қыйлы аймақларындағы объектлердиң жойбарлары көрип шығылды.

Атап айтқанда, Хийўа қаласында Конгресс орайы ҳәм тарийхый-этнографиялық бағ қурыў режелестирилген. Бул объектлер ири халықаралық илажларды өткериў ҳәм туристлер ағымын көбейтиўге хызмет етеди.

Сондай-ақ, Конфуций институты ҳәм Лу Бан устаханасын қурыў, бул жерде мәдений-ағартыўшылық илажлар өткериў, жасларды заманагөй кәсип-өнерге үйретиў ушын шараят жаратыў нәзерде тутылған.

Үргенш халықаралық аэропортын модернизациялаў шеңберинде оның инфраструктурасын кеңейтиў, жолаўшы ҳәм жүклерге хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў, логистика имканиятларын беккемлеў арқалы ўәлаяттың транспорт потенциалын жаңа басқышқа алып шығыў нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, Үргенш вокзалынан жаңаланған аэропортқа шекем өз алдына темир жол линиясын қурыў нәзерде тутылғаны жолаўшыларға қолайлылық жаратады.

Сондай-ақ, Үргенш-Хийўа автомобиль жолын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, альтернатив автомобиль жолын қурыў жойбарлары усыныс етилди.

Ферғана қаласында халықаралық көргизбелер, бизнес форумлар ҳәм ири илажларды өткериў ушын зәрүр шараятлар жаратылатуғын экспо орай қурыў жойбары додаланды. Бул жойбардың әмелге асырылыўы ўәлаяттың инвестициялық тартымлылығын арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Буннан тысқары, Бурҳониддин Марғилоний атындағы илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў басламасы билдирилди. Орайда руўхый мийрас ҳәм илимий изертлеўлер тараўында халықаралық дәрежедеги жумысларды жолға қойыў, заманагөй илимий мектеп қәлиплестириў нәзерде тутылған.

Бухара мәмлекетлик университетиниң жаңа заманагөй кампусын қурыў бойынша усыныслар көрип шығылды. Оқытыўшы ҳәм студентлер ушын қолайлы билимлендириў ҳәм илимий орталық жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ташкент қаласында заманагөй көркем гимнастика комплексин қурыў нәзерде тутылған. Орайда жаслардың потенциалын жүзеге шығарыў, профессионал гимнастикашыларды таярлаў ушын барлық шараят жаратылады.

Президентимиз жойбарларды әмелге асырыўда сапа, қолайлық ҳәм заманагөй талапларға қатаң әмел етиў, қала қурылысы мәдениятын арттырыў, халықтың талапларын есапқа алыў зәрүрлигин атап өтип, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.