Ташкент ўәлаяты ҳәкимлигиниң мәлим етиўинше, бул жойбарды әмелге асырыў ушын қала ҳәм районлар аймағындағы аўыл хожалығына мөлшерленбеген мәмлекетлик резервтеги 6,7130 гектар жер майданы Энергетика министрлигине турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен ажыратылды.
Гидроэлектр станциялары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 9-сентябрьдеги "Энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў ҳәм киши қуўатлылықтағы қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы 220-санлы пәрманы талаплары тийкарында, Ташкент ўәлаяты ҳәкиминиң тийисли қарары менен питкерилип, пайдаланыўға тапсырылады.
Жойбар қуўатлылығы 2 550 кВатты қурайды.