Ташкент ўәлаяты ҳәкимлигиниң хабар бериўинше, усы ажыратып берилген орынларда микро гидроэлектр станцияларын қурыў ушын интакерлерди анықлаў мақсетинде жер майданлары аукцион саўдаға шығарылады.
Микро гидроэлектр станциялар Пискент, Оҳангарон, Бекабад, Жоқары Шыршық, Бостанлық, Қибрай, Чиназ, Бўка, Янгийўл, Зангиата районлары ҳәм Ангрен, Алмалық, Бекабад, Шыршық қалаларында қурылады.
Мағлыўмат ушын, алдын ўәлаятта 43 микроГЭС қурылысы ушын жер майданларын ажыратыў ҳаққында ўәлаят ҳәкиминиң тийисли қарарына қол қойылған еди.
Айтыў мүмкин, 264 орынта бул қурылмаларды қурыў ушын анық аймақлар белгилеп алынған болса, усы күнге шекем, 102 аймақта киши ГЭСлер қурылысы ушын жер майданлары ажыратылған, ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары басланған.

