Атап өтилиўинше, ўәлаят ҳәкиминиң қарарында келтирилиўинше, Ташкент ўәлаяты қала ҳәм районлары аймағында 45 жаңа микро гидроэлектр станциясы (ГЭС) қурыў ушын 3,23 гектар жер майданы ажыратылған.
Усы қарар менен микро ГЭСлер қурылысы ушын белгиленген орынлар тийкарынан тәбийий суў ағымлары, каналлар ҳәм ирригация системалары бойлап жайласқан. Бул болса үлкен қаржыларсыз да энергия ислеп шығарыў имканиятын жаратады.
Микро гидроэлектр станциялар, үлкен көлемде қурылатуғын ГЭСлерден өзгеше түрде, әсиресе, аўыллық жерлерде электр тәмийнатының турақлылығын арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди, - делинеди хабарда.

