Ташкентте үш күн даўам еткен дзюдо бойынша "Үлкен Дубулға" турнириниң беллесиўлери жуўмақланды. Бул абырайлы жарыста Өзбекстан сайланды командасы жәми 12 медаль менен улыўма командалық есапта 3-орынды ийеледи.
Бул мәмлекетимиз ушын әҳмийетли нәтийже болып, тарийхта биринши мәрте бир жарыста 12 медалға ийе болды.
Беллесиўлер даўамында дзюдошыларымыз 1 алтын, 3 гүмис ҳәм 8 қола медалына ийе болды.
Алтын медаль ийеси:
Шахзодхўжа Шарипов.
Гүмис медаль ийелери:
Замахшари Бекмуродов (-66 кг),
Хуршида Раззоқбердиева (-70 кг),
Арысланбек Тажиев (-81 кг) лерге несип етти.
Сайланды командамыз спортшылары 8 қола медалын қолға киргизди:
Камолиддин Бахтиёров (-60 кг),
Анваржон Иброҳимов (-60 кг),
Муҳриддин Тиловов (-66 кг),
Артём Штурбабин (-66 кг),
Шаҳрам Аҳадов (-73 кг),
Нурбек Муртазоев (-90 кг),
Ерназар Сарсенбаев (-100 кг),
Алишер Юсупов (+100 кг).
Өзбекстан сайланды командасы бул жарыста оғада табыслы қатнасып, өз имканиятларын көрсетти. Бул нәтийже мәмлекетимиз дзюдосының раўажланыўы ўәкиллери ушын үлкен илҳам дәреги болып, келеси жарысларда да жоқары шеклерди ийелеўге хызмет етеди.