баннер
23 Apr 2025
08:39

    Ташкентте Өзбекстан ҳәм Грузия Бас министрлериниң ушырасыўы болып өтти

    Усы жылдың 5-март күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Грузия Бас министри Ираклий Кобахидзе басшылығында еки мәмлекет ҳүкимет делегацияларының ушырасыўы болып өтти.

    Кейинги жыллары Өзбекстан ҳәм Грузия арасында өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет принциплерине тийкарланған дослық қатнасықлар барлық тараўларда избе-из раўажланып бармақта. Экономиканың түрли тараўларында бирге ислесиў сезилерли дәрежеде жеделлеспекте. Өз-ара саўда көлеми артып, биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта. Мәдений-гуманитарлық ҳәм аймақлараралық байланыслар кеңеймекте.

    Ҳүкиметлер алдында әне усы тараўларда ерисилген келисимлерди өз ўақтында орынлаў ҳәм еки тәреплеме байланысларды раўажландырыў бойынша жаңа усыныслар ислеп шығыў тийкарғы ўазыйпа сыпатында турғаны атап өтилди.

    Онда тийкарғы итибарды үш бағдарға, яғный, саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да раўажландырыў, инвестициялық ҳәм кооперациялық жойбарлардың көлемин кеңейтиў, транспорт-логистика системасын буннан былай да жақсылаўға қаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

    Соннан келип шығып, ушырасыўда товар алмасыўдың көлеми ҳәм оның қурамы мәмлекетлеримиздиң потенциалына сәйкес емеслиги, Өзбекстан-Грузия арасындағы Еркин саўда келисиминиң имканиятларын толық иске қосып, жақын жылларда саўда көлемин 1 миллиард долларға жеткериў ушын барлық зәрүр шараятлар бар екенлигине итибар қаратылды.

    Бундай нәтийжеге тоқымашылық, аяқ кийим ҳәм былғары, электротехника, азық-аўқат өнимлери, реңли ҳәм қара металлар, мийўе-овош, химия өнимлери, қурылыс материаллары ҳәм басқа да товарлардың алды-саттысына кеңнен жол ашыў арқалы ерисиў мүмкин екенлиги билдирилди.

    Ҳүкиметлер делегациялары ушырасыўында саўда-экономикалық, инвестициялық бағдарлардан тысқары, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика, билимлендириў, туризм, мәдений-гуманитарлық тараўларда да өз-ара қатнасықларды буннан былай да жақсылаў еки мәмлекеттиң мәплерине бирдей сәйкес келетуғыны атап өтилди.

    Сондай-ақ, аймақлараралық бирге ислесиў өз-ара қатнасықлардың әҳмийетли факторы болыўы мүмкин екенлиги, усы мәниде, Самарқанд ҳәм Батуми, Бухара ҳәм Мсхета қалалары арасында тиккелей бирге ислесиўдиң жолға қойылыўы еки тәреплеме саўда-экономикалық байланыслардың раўажланыўына салмақлы үлес қосатуғынына исеним билдирилди.

    Мағлыўмат ушын, күнниң биринши ярымында Ташкент қаласында Өзбекстан ҳәм Грузия арасында экономикалық бирге ислесиў бойынша Ҳүкиметлераралық комиссияның оныншы мәжилиси өткерилип, оның шеңберинде Ҳүкиметлераралық комиссияның оныншы мәжилисиниң протоколы, Мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында бирге ислесиў ҳаққында түсинисиў меморандумы, Аўыл хожалығы тараўында бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша "жол картасы"на қол қойылды.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech