Т.Нарбаева өзиниң шығып сөйлеген сөзинде өсип киятырған әўлад мәплери жолында биргеликтеги жумысларды даўам еттириў әҳмийетли екенин атап өтти.
Илаж даўамында отыз жыллық бирге ислесиў даўамында балалардың турмыс сапасын жақсылаў, билимлендириў ҳәм медициналық хызметтен пайдаланыў имканиятларын арттырыў, сондай-ақ, оларды зорлық ҳәм кемситиўдиң барлық түрлеринен қорғаўға қаратылған көплеген жойбарлар әмелге асырылғаны атап өтилди.
ЮНИСЕФ комплексли бағдарламаларды әмелге асырыў ушын техникалық жәрдем ҳәм ресурслар усыныў арқалы Өзбекстанның балалар ушын қолайлы орталық жаратыў бағдарындағы басламаларын қоллап-қуўатлаўда әҳмийетли роль атқарады. Бул бирге ислесиў мәмлекетимизде бала ҳуқықлары тараўында халықаралық стандартларды алға қойыў, соның ишинде, БМШтың Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясын турмысқа енгизиўде әҳмийетли фактор болды.
Өзбекстанда көп жыллардан берли жас әўладтың камалға келиўи ушын қолайлы шараят жаратыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Кейинги жыллары мәмлекетимизде балалардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылып келинбекте.
Балалардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўдиң ҳуқықый ҳәм институционаллық тийкарлары избе-из жетилистирилмекте. Соңғы жылларда жас әўладты қорғаў, олардың абаданлығын тәмийинлеў ҳәм бәркамал раўажланыўы ушын шараятлар жаратыўға қаратылған бир қатар әҳмийетли нызамлар ҳәм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.
2024-жыл ноябрь айында Балаларды зорлық етиўдиң барлық түрлеринен қорғаў ҳаққындағы нызам қабыл етилди. Бул балалардың ҳуқықларын қорғаў миллий системасын беккемлеўде әҳмийетли басқыш болды. Бул ҳүжжет зорлықтың барлық түрлерин қадаған етеди ҳәм оларды ислегенлик ушын жуўапкершиликти күшейтиўди нәзерде тутады.
Республикада инклюзив билимлендириў системасы да жедел раўажланбақта, денсаўлықты сақлаў, балаларды социаллық қорғаў ҳәм оқытыў тараўында кең көлемли бағдарламалар әмелге асырылмақта.
ЮНИСЕФ пенен бирге ислесиў денсаўлықты сақлаў, социаллық қорғаў, билимлендириў сыяқлы басқа да әҳмийетли бағдарларда даўам еттириледи.