Жалпы мәжилисти Олий Мажлис
Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып бармақта. Жалпы мәжилистеги
мәселелердиң додаланыўын Сенаттың «YouTube» тармағындағы бети арқалы тиккелей онлайн
бақлап барыўыңыз мүмкин.
Сенаттың 19-жалпы
мәжилисинде Наўайы ўәлаятының Зарафшан қаласы ҳәм Тамды районының шегараларын
өзгертиў ҳаққындағы мәселе додаланды.
Бул баслама Зарафшан қаласын перспективалы
раўажландырыў, аймақтың экономикалық потенциалынан нәтийжели пайдаланыў,
инвестицияларды тартыў, халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм жаңа жумыс
орынларын жаратыў мақсетинде ислеп шығылғаны атап өтилди.
Қарар менен Тамды районы аймағынан 2 мың 459 гектар
жер майданы Зарафшан қаласының қурамына өткерилиўи нәзерде тутылмақта.
Жаңа аймақларды өзлестириў нәтийжесинде 250 ден аслам
санаат ҳәм өндирис жойбарларын әмелге асырыў, 90 социаллық тараў объекти, 500
ден аслам саўда-турмыслық ҳәм хызмет көрсетиў шақапшаларын шөлкемлестириў
режелестирилген.
Санаат ҳәм өндирис қуўатлықларының кеңейиўи, халық
саны ҳәм экономикалық белсендиликтиң артыўы нәтийжесинде Зарафшан қаласында да
турақ жай, социаллық тараў ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасына талап
артпақта. Усы мәнисте, қала шегараларының кеңейиўи оның келешекте раўажланыўы
ушын зәрүр аймақлық имканиятларды жаратады.
Соның менен бирге, жаңа аймақларда турақ жайлар қурыў
менен бирге, халықты зәрүр инженерлик-коммуналлық инфраструктура объектлери,
ишимлик суўы ҳәм электр энергиясы, жоллар, канализация системасы ҳәм басқа да
инженерлик-коммуникация объектлери менен тәмийинлеў имканиятлары жаратылады.
Бул болса, өз гезегинде, халықты, әсиресе, жаслар ҳәм
мийнет базарына кирип киятырған пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеўде жаңа
имканиятларды ашады.
Сенаторлар өзлериниң шығып сөйлеўлеринде жаңа
аймақларды комплексли ҳәм режели раўажландырыў, оларды қала қурамына киргизиў
тек ғана ҳәкимшилик өзгерислер менен шекленип қалмай, ал усы аймақлардың толық
раўажланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў менен бирге алып барылыўы зәрүр
екенлигин атап өтти.
Додалаўлардан соң Сенаттың тийисли қарары қабыл
етилди.