Онда жәмийет басқармасы баслығының биринши орынбасары Рустам Шомуродов 675 инфокиоск Ташкент қаласы бойлап қайсы дәрек есабынан орнатылатуғынын айтып өтти.
Атап өтилиўинше, онда мәмлекет есабынан қаржы жумсалмайды. Жуўапкершилик исбилерменниң мойнына жүкленеди.
"Соны айтыў керек, [бул бойынша] мәмлекет бир тийин "сарып" етпей атыр. Кешениң өзинде 2 700 ноқат [QR билет сатылатуғын жер] Ташкент қаласы бойынша қосылды, сондай-ақ, Ташкент қаласы бойынша QR билетлерин сатып алыў имканияты бар 8 мың ноқат пайда болды. Өзи бәндиргилер 2600 болса, 8 мың ноқатта QR билетин сатып алыўға болады.
Және бир нәрсени айтыў керек, бул ҳәзир болмаса да, экрандағы QR кодты сүўретке алып, автобусқа орнатылған валидаторға көрсетиңиз, төлем қабыл етиледи.
Машқалалардан келип шығып, АТТО, Пайнет шешимлерин ислеп шығыў бойынша күшли жумыс алып бармақта," - дейди ол.