Чемпионатта Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да қатнаспақта. Атап айтқанда, кеше -81 кг салмақта беллесиўлерге түскен Муҳаммадқодир Тоштемиров штанганы тикке жоқарыға көтериўде 165 кг нәтийже менен гүмис медальды қолға киргизиўге миясар болды.
Бирақ, штанганы силкип көтериўде оған бираз әўмет жетиспеди ҳәм беллесиўлер жуўмағында, 355 кг нәтийже менен қола медалына ылайық деп табылды.
Чемпионаттың алтын медалы арқа кореялы Ри Чонг Сонг, гүмис медалы Қазақстан сайланды командасы ағзасы Алексей Чуркинге несип етти.
Бүгин саат 22:00 де сайланды командамыздың және бир ағзасы Сарварбек Зафаржонов -89 кг салмақта беллесиўлерге кириседи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.