Бул ҳаққында Британияның The Mail on Sunday ҳәптелик газетасы дәреклерге сүйенип хабар берди.
Атап өтилиўинше, Трамп Гренландияны оның "стратегиялық орны ҳәм минерал байлықлары" тийкарында қосып алыўды қәлейди. Ол буннан алдын да бир неше мәрте Гренландияны АҚШқа қосып алыў зәрүрлиги ҳаққында айтқан еди.
Трамп өзиниң биринши мүддетинде-ақ Гренландияны сатып алыўды усыныс еткен еди, 2025-жыл март айында болса оны қосып алыў мүмкин екенлигине исеним билдирди. Дания бас министри Метте Фредериксен бул даўагерликлерди бийкарлап, атаў патшалықтың бир бөлеги екенин атап өтпекте.
Гренландия автономиялық аймақ сыпатында Дания қурамына киреди. 1951-жылы Вашингтон ҳәм Копенгаген НАТО бойынша аўқамласлық миннетлемелерине қосымша Гренландияны қорғаў ҳаққында Шәртнамаға қол қойды. Оған муўапық, АҚШ атаўды мүмкин болған агрессиядан қорғаў миннетлемесин өз мойнына алды, деп жазады тасс.ру.