Америка жетекшиси атаўды сатып алыў бойынша тезлик пенен сөйлесиўлерди баслаўды қоллап-қуўатлады, деп жазбақта kommersant.ru.

"Мен Гренландиядан ҳәм барлық мүлк ҳуқықларын сорайман. Сизге тийисли болмаған аймақты қорғаў мүмкин емес", - деди Америка президенти Давостағы шығып сөйлеген сөзинде. "Бул үлкен, қорғалмаған атаў негизинде Батыс ярымшардың арқа шегарасында жайласқан Арқа Американың бир бөлеги болып есапланады. Бул бизиң аймағымыз", деп атап өтти Дональд Трамп.

Оның сөзлерине бола, АҚШ НАТОға жыллар даўамында жәрдем берип, альянстың қорғаныў қәбилетин тәмийинлеп келген, бирақ бул мақсетлер ушын альянс мәмлекетлериниң ҳәммеси де жетерли дәрежеде қаржы киргизбеген. Енди, деди Дональд Трамп, Қурама Штатлар тек бир нәрсени Гренландияны алыўды сорап атыр.