баннер
2 Mar 2025
15:46

    Транспорт-логистика системасы және де раўажландырылады

    28 Yanvar 2025 878

    Өзбекстанның транспорт-логистика системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясы ҳәм оны әмелге асырыў бойынша "жол картасы" тастыйықланды.

    Президенттиң "Өзбекстан Республикасының транспорт-логистика системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы қарары (ПҚ-28-санлы, 27.01.2025-ж.) қабыл етилди.

    Қарарға бола, Өзбекстанның транспорт-логистика системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясы ҳәм оны әмелге асырыў бойынша "жол картасы" тастыйықланды.

    Төмендегилерди нәзерде тутатуғын тийкарғы мақсетли көрсеткишлер ҳәм индикаторлар белгиленди, соның ишинде:

    автомобиль, темир жол ҳәм ҳаўа транспортында халықаралық жүк тасыўдың улыўма көлемин кеминде 2 есеге арттырыў;

    транспорт ҳәм логистика хызметлери экспортын 2 есеге шекем арттырыў;

    контейнерлерде жүк тасыў үлесин кеминде 1,5 есеге арттырыў;

    Жәҳән банкиниң Логистика нәтийжелилиги индексинде (LPI) Өзбекстанның орнын 55-басқыштан төмен болмаған дәрежеге көтериў.

    Жүклерди халықаралық тасыўды шөлкемлестириўде транспорт-экспедиторлық хызметлерине ҚҚС ноль ставкада қолланылады.

    2025-жыл 1-июньнен Мәмлекетлик шегара арқалы автомобиль өткериў пунктлеринде автотранспорт қуралларының электрон нәўбет системасы енгизиледи.

    Халықаралық автомобиль транспорты аўқамы менен биргеликте Халықаралық автомобиль транспорты тараўында кадрлар таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бойынша регионаллық оқыў орайы шөлкемлестириледи.

    Улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары бойларында жол бойы сервис (“Service area” ва “Service point”) объектлери шөлкемлестириледи.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech