Режеге бола, мәмлекетлик хызмет ERP sport системасы арқалы Спорт министрлиги тәрепинен көрсетиледи.
Мәмлекетлик хызмет көрсетилгенлиги ушын БЕМның 1 есеси муғдарында төлем өндириледи.
Тренер-оқытыўшылар ҳәм инструктор-методистлерге екинши, биринши ҳәм жоқары маманлық категориялары бериледи.
ERP sport системасында мағлыўматлар толық қәлиплескеннен соң 1 жумыс күнинде QR -код қойылған ҳалда электрон тәризде маманлық категориясы ҳаққында гүўалық рәсмийлестириледи.
Бул ҳаққында автомат тәризде тренер-оқытыўшылар ҳәм инструктор-методистлерге Электрон ҳүкимет системасының уйымлараралық интеграцияласыў платформасы арқалы СМС-хабарнама жибериледи.
Маманлық категориясы 4 жыл мүддетке бериледи.