Өзбекстанлы 3 палўан жылды жәҳән рейтингинде биринши орында жуўмақлайды

    Спорт 18 желтоқсан 2025 121

    Бирлескен гүрес дүньясы (United World Wrestling - UWW) тәрепинен усы жылдың декабрь айында 2025-жылғы спорт мәўсиминиң жуўмақлары бойынша дүнья жүзи рейтинги жәрияланды. Жаңаланған мағлыўматларға бола, грек-рим гүреси бойынша Өзбекстан сайланды командасының бир ўақыттың өзинде үш ўәкили өз салмақ категорияларында биринши орынларды ийеледи.

    Алишер Ғаниев (60 кг), Айтжан Халмаханов (63 кг) ҳәм Абдулла Алиев (72 кг) жәҳән рейтингиниң жетекшилери болды.

    Мәўсим даўамында спорчтшылар халықаралық жарысларда турақлы жоқары нәтийжелер көрсетип, сыйлы орынларды ийелеп, ең көп рейтинг упайларын қолға киргизди.

    Өзбекстанлы палўанлардың жетискенлиги грек-рим гүреси миллий мектебиниң жоқары дәрежесин, сайланды командамыздың халықаралық майданда табыслы таярланғанын тастыйықлайды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates