Меморандум шеңберинде тәреплер кәсиплик қарым-қатнасты раўажландырыў, биргеликтеги ушырасыўлар, оқыў илажлары, семинарлар ҳәм танысыў сапарларын өткериў, билим ҳәм алдынғы тәжирийбе алмасыўды режелестирген.

Сондай-ақ, ҳүжжетте мәлимлеме алмасыўдың анық принциплери беккемленип, сырлылықты қатаң сақлаған ҳалда бирге ислесиўдиң нызамлылығы ҳәм нәтийжелилиги тәмийинленеди.