Усы жылдың екинши шерегинде жоқары экономикалық белсендилик ҳәм тутыныўшы талабы тәрепинен баҳаларға артыўшы тәсир даўам етти. Соның менен бирге, өткен жылғы базаның тәсири жуўмақланыўы менен август айынан инфляция төменлей баслады. Басқарма инфляцияның төменлеў тенденциясын беккемлеў ҳәм базалық инфляцияның төменлеўши траекториясын сақлап қалыў мақсетинде тийкарғы ставканы өзгериссиз, жыллық 14 процент дәрежесинде сақлап қалды.

Август айында жыллық инфляция дәрежеси июль айына салыстырғанда төменледи ҳәм 8,8 процентти қурады. Базалық инфляция азық-аўқат ҳәм азық-аўқат емес товарлар баҳасының төменлеўи есабынан 7,6 процентке шекем төменледи.

Жоқары жалпы талап сақланып қалып атырған шараятта энергия баҳасы артыўының екилемши тәсири хызметлердиң жоқары инфляциясының қәлиплесиўинде көринбекте.

Соңғы айларда мәўсимлик факторлар ҳәм алмасыў курсының турақлылығы инфляциялық күтилмелердиң төменлеўине хызмет етти. Соның менен бирге, күтиўлер ҳақыйқый инфляциядан жоқары болып қалмақта.

2025-жылдың биринши ярымында экономикалық өсиў 7,2 процентке шекем жетти. Онда, хызметлер тараўындағы жоқары пәтлер менен бирге санаат, қурылыс ҳәм аўыл хожалығында да сезилерли өсиў бақланды.

Трансшегаралық өткермелердиң турақлы өсиўи, кредитлеўдиң жеделлесиўи, бюджет қәрежетлериниң көбейиўи ҳәм жоқары инвестициялық белсендилик жалпы талапты жедел хошаметлеўши факторлар болып есапланады.

Халықаралық саўдадағы шеклеўлер ҳәм глобал байланыслардағы өзгерислер фонында жәҳән инфляциясының күтилгенинен әстерек төменлеўи, сондай-ақ, дүньяда азық-аўқат баҳаларының артыўы ҳәм тийкарғы саўда бирге ислесиўши мәмлекетлерде инфляцияның мақсетли көрсеткишлерден жоқары қәлиплесиўи импорт инфляциясының жеделлесиўине хызмет етиўи мүмкин.

Усы шараятларды есапқа алған ҳалда, 2025-жылдың жуўмағы бойынша инфляция 8,7 процент әтирапында болыўы прогноз етилмекте.

Экономикада инфляция басымын азайтыў ҳәм орта мүддетли келешекте баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде Орайлық банк басқармасы тийкарғы ставканы жыллық 14 процент муғдарында сақлап қалыў ҳаққындағы қарарды қабыл етти.

Салыстырмалы қатаң пул-кредит сиясатының даўам еттирилиўи экономикада жыйналыўлардың тартымлылығын қоллап-қуўатлаў, кредитлеў пәтлериниң тең салмақлылығын тәмийинлеў, пул базарында ресурслар баҳаларының пропорционал қәлиплесиўин тәмийинлеў, өз гезегинде, жалпы талапты теңлестириў ҳәм инфляцияға монетар факторлардың тәсирин азайтыўға хызмет етеди.

Улыўма инфляцияның турақлы төменлеў траекториясына өтиў процеси бир қанша ўақытты талап етеди. Келеси айларда баҳаларға болған басым күтилгенинен жоқары болыўы бойынша қәўип-қәтерлер ҳәм тийкарлар пайда болған жағдайда, пул-кредит шәртлериниң қатаңлығы қайта көрип шығылыўы мүмкин.

Орайлық банк басқармасының тийкарғы ставканы көрип шығыў бойынша гезектеги мәжилиси 2025-жыл 23-октябрьге белгиленген.