Илажда Туризм комитети баслығының биринши орынбасары Жамшид Абдусаламов, Ташкент мәмлекетлик экономика университети ректоры Тўлқин Тешабоев, туризм тараўының тәжирийбели қәнигелери, ТМЭУ профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери және ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ашылыў мәресиминде салтанатлы түрде қызыл лента кесилип, университет басшылары, кафедра қәнигелери ҳәм мийманлар билимлендириў тараўындағы жаңалықлар ҳәм кафедраның келешектеги режелери ҳаққында сөз етти. Сондай-ақ, филиал туризм ҳәм мийманхана тараўындағы жоқары маман кадрларды таярлаў, туризмди мәмлекет экономикасындағы әҳмийетли тармаққа айландырыў ушын үлкен үлес қосатуғынын атап өтти.

Мийманлар профессор-оқытыўшылар ҳәм изертлеўшилер ушын Туризм комитетинде шөлкемлестирилген илимий-изертлеў ҳәм оқыў ханалары және мәлимлеме-ресурс орайы (китапхана) ның жумысы менен танысты, деп хабар береди Туризм комитетиниң баспасөз хызмети.