Қарарға бола, Ташкент қаласында Түркий мәмлекетлер халықаралық университети шөлкемлестириледи.
Төмендегилер Университет жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленди, соның ишинде:
- инженерлик, қурылыс, логистика, мәлимлеме технологиялары ҳәм программаластырыў, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы, азық-аўқат санааты және экономикалық ҳәм социаллық тараўлар ушын халықаралық стандартларға муўапық жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў;
- оқыў бағдарламаларын сырт ел, соның ишинде, Түркияның жетекши жоқары билимлендириў шөлкемлери менен биргеликте, сондай-ақ, қоспа билимлендириў бағдарламалары тийкарында енгизиў ҳәм илимий-изертлеўлер алып барыў.
Университет мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкеми есапланады ҳәм өз жумысын Өзбекстанның билимлендириў тараўындағы нызамшылық ҳүжжетлери тийкарында әмелге асырады.
2025/2026-оқыў жылынан Университетте билимлендириў процеси билимлендириў тараўында халықаралық тән алынған шөлкемлер рейтингинде биринши 1000 дизимнен кирген, сондай-ақ, өз бағдарында жетекши есапланған Түркия Республикасы жоқары билимлендириў шөлкемлериниң оқыў бағдарламалары тийкарында шөлкемлестириледи.
Университетте студентлерди оқытыў төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылады ҳәм қабыллаў параметрлери ҳәм төлемли-контракт муғдары Университет тәрепинен белгиленеди.
Университет жумысын жолға қойыў ҳәм муўапықластырыў бойынша басқарыў кеңеси шөлкемлестириледи.