Түркменстан миллий жетекшиси мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен
қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм үлкен табыслар, туўысқан
Өзбекстан халқына тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Сондай-ақ, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың қызғын сәлеми
ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Гурбангули Бердимуҳамедов Президентимиздиң тынымсыз мийнети ҳәм узақты
гөзлеп алып барып атырған сиясаты себепли Өзбекстан жаңа шеклерге ерисип
атырғаны, социаллық-экономикалық ҳәм сиясий тараўларда салмақлы
жетискенликлерди көрсетип атырғанын айрықша атап өтти.
Сөйлесиўде жоқары
дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан - Түркменстан
дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де
беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Өз-ара исеним ҳәм
улыўма мәплерди есапқа алыў принциплерине тийкарланған көп қырлы бирге
ислесиўдиң пәти артып баратырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Барлық
дәрежелерде жедел сөйлесиўлер даўам етпекте. Жақында Ашхабадта болып өткен
сиясий мәсләҳәтлесиўлердиң нәтийжели жуўмақларына жоқары баҳа берилди.
Өз-ара товар
алмасыў ҳәм жүк тасыў көлеми жедел артып бармақта. "Шават-Ташаўыз"
саўда зонасының нәтийжели жумысы да өз-ара саўда көлемин арттырыўға хызмет
етпекте.
Энергетика,
санаат, аўыл ҳәм суў хожалығы, транспорт тараўларында кооперация жойбарлары
табыслы әмелге асырылмақта. Парламентлераралық, аймақлараралық, исбилерменлик
ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды буннан былай да кеңейтиў әҳмийетли екени
атап өтилди.
Регионаллық күн
тәртибин, соның ишинде, усы жылдың гүзинде Аваза қаласында болып өтетуғын
Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт
ушырасыўына таярлық шеңберинде муўапықластырыў ҳәм алға қойыўға айрықша итибар
қаратылды.