Түркмен халқының миллий жетекшиси мәмлекетимиз басшысын қызғын қутлықлады

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлести.

    Түркменстан миллий жетекшиси мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар, дос Өзбекстан халқына тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.

    Усы жылдың апрель айында Самарқанд қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан-Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

    Өз-ара товар алмасыў жедел артып, кәрханалар ҳәм исбилерменлер дәрежесинде кооперациялық байланыслар тереңлесип атырғаны, жедел мәдений-гуманитарлық алмасыў даўам етип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер, соның ишинде, БМШтың Теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриў бойынша пикир алысылды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates