Каспий бойындағы "Аваза" туризм зонасында мәмлекетимиз басшысы Түркмен халқының миллий жетекшиси, Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен сөйлесиў өткерди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Түркмен халқының миллий жетекшиси, Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң үш тәреплеме ушырасыўы болып өтти. Жуўмағында Биргеликтеги билдириў қабыл етилип, бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды.
Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда жетекшилер болып өткен сөйлесиўлердиң нәтийжелерине баҳа берди.
Сапар бағдарламасына муўапық, мәмлекетимиз басшысы Түркменстан ҳәм Әзербайжан жетекшилери менен биргеликте "Галкиниш" миллий ат спорты топарының шығыўларын тамашалады.
Илажлар жуўмақланғаннан соң, Түркменбашы қаласы аэропортында Өзбекстан Республикасы Президентин Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары Нокергули Атагулиев ҳәм басқа да рәсмий шахслар шығарып салды.
Мәмлекетимиз басшысы Ташкентке қайтып келди.












