Мигрантлар жүзген қайық Хиос атаўында грек жағалаў қорғаўшыларының катери менен соқлығысқан, кеминде 14 адам қайтыс болған.
Аўыр ҳәдийсе сийшемби күни кеште Хиёс атаўының жағасында, Мирсиниди пляжи жанында жүз берди.
Жергиликли ғалаба хабар қуралларының хабар бериўинше, мигрантлар жүзген қайық жаға қорғаўшылары менен соқлығысқан, ақыбетте кеминде 14 адам қайтыс болған ҳәм бир неше адам жарақатланған.
Politischios.gr хабарына қарағанда, контрабандистлердиң қайығы буйырғанындай шетке шығыўдың орнына жаға қорғаўшыларының қайығын урып өтип кеткен.
Жағыс қорғаўшыларының рәсмий хабарында 14 мигрант өли ҳалда табылғаны айтылған.
Буннан тысқары, жағалаў қорғаўының 2 хызметкери жарақатланған, олар Хиос улыўма емлеўханасына эвакуация етилген, сондай-ақ, қутқарылған 24 сырт ел адамы да жараланған.
Ҳәзирги ўақытта излеў-қутқарыў жумыслары даўам етпекте, себеби жоғалғанлар ҳаққында хабарлар келип түспекте.
Контрабанда кемесиндеги жолаўшылар арасында балалар да болған, деп жазбақта inform.kz.