14-май күни Энергетика министрлигинде Өзбекстан Энергетика министри Ж.Мирзамаҳмудов, Өзбекстан Суў хожалығы министри Ш.Хамраев, Қазақстан Энергетика министри Й.Аккенженов, Қазақстан Суў хожалығы ҳәм ирригация министри Н.Нуржигитов, Қырғыз Республикасы Энергетика министри Т.Ибраев ҳәм басқа да жуўапкер басшылардың қатнасыўында гезектеги жумысшы ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда мәмлекетлер суў-энергетика системасының жаз мәўсиминде де турақлы ислеўин тәмийинлеў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, тармақлардың жумыс режимлериниң графиклери келисип алынды.
Бул илажда тәреплер арасында биргеликте әмелге асырылып атырған жойбарлар, атап айтқанда, "Қамбарата ГЕС-1" қурылыс жойбарының ҳәзирги жағдайы ҳәм суў-энергетика балансын муўапықластырыў мәселелери көрип шығылды.
Ушырасыў жуўмақлары бойынша тийисли протоколға қол қойылды ҳәм жақын күнлерде алдағы илажларды муўапықластырылған ҳалда өткериў бойынша келисимге ерисилди.









