Реже «Янги Ўзбекистон бунёдкорлари» көкирек белгиси менен сыйлықлаў тәртибин белгилейди.
Режеге муўапық, Талабанлар дизими Қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў жәмийети шеңберинде:
Перспективалы кадрлар таярлаў бойынша "Эл-юрт умиди" қоры стипендиатлары;
Президент мектеплери ҳәм "Жаңа Өзбекстан" университетиниң питкериўшилери;
"Президенттиң талантлы перзентлери" басламасы ҳәм оны қоллап-қуўатлаў бойынша миллий бағдарлама қатнасыўшылары;
дүньяның абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелеринде ҳәм басқа да шөлкемлерде билим ҳәм тәжирийбе арттырған қәбилетли ўатанласларымыз сыйлықланады.
Жумысшы топар усыныслар тийкарында ҳүжжетлерди улыўмаластырады ҳәм белгиленген талапларға муўапық ең мүнәсип талабанлар бойынша ҳәр жылы 25-мартқа шекем жуўмақ қабыл етеди.
Жуўмақ тийкарында талабанлардың ҳүжжетлери "Президенттиң талантлы перзентлери" басламасын әмелге асырыў ҳәм оның орынланыўын қадағалаў бойынша республикалық комиссияға жибериледи.
Көкирек белгиси менен сыйлықлаў ҳаққында ҳәр жылы 20-майға шекем Республикалық комиссия қарар қабыл етеди.
Көкирек белгиси ҳәр жылы Қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў жәмийетиниң қурылтайында тапсырылады.