65 килограммға шекемги салмақ категориясында қатнасқан Умиджон Жалолов жәҳән чемпионатының бронза медалын қолға киргизди.
Ол үшинши орын ушын болып өткен беллесиўде нейтрал статуста қатнасып атырған россиялы палўан Ибрагим Ибрагимовты жеңип шықты.
Хорватияның Загреб қаласында спорт гүреслери бойынша жәҳән чемпионаты даўам етпекте. Еркин гүрес бойынша Өзбекстан сайланды командасы турнирде екинши медальды қолға киргизди.
65 килограммға шекемги салмақ категориясында қатнасқан Умиджон Жалолов жәҳән чемпионатының бронза медалын қолға киргизди.
Ол үшинши орын ушын болып өткен беллесиўде нейтрал статуста қатнасып атырған россиялы палўан Ибрагим Ибрагимовты жеңип шықты.
Өзбекстан футболы ушын бул тарийхый ўақыя болып есапланады: Өзбекстан сайланды командасы өз тарийхында биринши мәрте жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди ҳәм бүгин ЖЧ-2026 топар басқышында өз қарсыласларын билип алады.
АҚШ, Канада ҳәм Мексикада биринши мәрте өткерилетуғын 2026-жылғы футбол бойынша жәҳән чемпионаты алдынан Америка Қурама Штатлары ықласбентлерге визалар өз ўақтында берилиўин тәмийинлеў мақсетинде коньсуллық инфраструктурасын сезилерли дәрежеде күшейтти.
Усы жылдың 10-17-ноябрь күнлери Испанияның Памплона қаласында трамполин бойынша ҳәр қыйлы жас категориялары арасында жәҳән чемпионаты болып өтти. Өзбекстан сайланды командасы жарыста табыслы қатнасып, 4 медаль - 2 гүмис ҳәм 2 бронза медалын қолға киргизди.
Сербияның Нови-Сад қаласында спорт гүреслери бойынша 23 жасқа шекемги жаслар арасында жәҳән чемпионаты жуўмақланды. Жарыстың соңғы күнинде тәжирийбели еркин гүресшилеримизден бири Умиджон Жалолов 65 килограммға шекемги салмақ категориясында гүмис медалды қолға киргизди.
Сербияның Нови-Сад қаласында спорт гүреслери бойынша 23 жасқа шекемги (U-23) спортшылар арасында жәҳән чемпионаты даўам етпекте. Екинши жарыс күни грек-рим гүреси бойынша Өзбекстан сайланды командасы еки сыйлы орынды ийеледи.
Усы жылдың 24-30-октябрь күнлери Қытайдың Уси қаласында таэквондо WТ бойынша жәҳән чемпионаты болып өтеди. Жәҳән чемпионатының сыйлықлары ушын 154 мәмлекеттен келген спортшылар, соның ишинде, ўатанласларымыз да беллеседи.





