Оған бола, 2025-2030-жылларда улыўма миллий тилеклеслик парклерин шөлкемлестириў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы тастыйықланды.
2025-жыл 15-майға шекем дем алыў бағларының үлги жойбары ислеп шығылады ҳәм тастыйықланады.
Үлгили жойбарды ислеп шығыў ҳәм оларды шөлкемлестириўде төмендегилер нәзерде тутылады, соның ишинде:
- парклердиң 60 процент аймағында жасыл майдан сыпатында терек ҳәм путалар егиў, пикник зоналар, жас балалар ушын арнаўлы үскенеленген қумлықлар, ашық аспан астындағы киши китапханалар, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер менен шуғылланыў аймақлары және келиўшилердиң тынышлығын бузбайтуғын басқа да элементлер арқалы тыныш аймақлар шөлкемлестириў;
- тыныш аймақларды шөлкемлестириўде терек ҳәм путаларға зыян жеткермеў ҳәм набыт етпеў мақсетинде жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў арқалы қорғалатуғын шегараларды белгилеў және тереклерди суўғарыў системасын қайта көрип шығыў ҳәм оның нәтийжели жумысын тәмийинлеў;
- велосипед жоллары, балалар аттракционлары ҳәм шаңарақлық дем алыў ушын басқа да объектлерди өз ишине алған шаңарақлық мәдений дем алыў орынларын қурыў.