Атап өтилиўинше, бул илажда Ҳүкимет ўәкиллери, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Спорт министрлиги, сондай-ақ, Миллий Олимпия ҳәм Паралимпия комитетлериниң басшылары, жоқары билимлендириў мәкемелериниң ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қураллары қатнасты.
Жарыста жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған командаларға ҳүрмет жарлығы, медальлар ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Сыйлықлаў мәресиминде спортшылардың белсендилиги, билимлендириў мәкемелериниң мийнети ҳәм саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў бағдарындағы жанкүйерликлери айрықша атап өтилди.
"Универсиада-2025" - жаслар арасында саламат бәсеки орталығын жаратыў, қәбилетли спортшыларды анықлаў ҳәм елимиздиң спорт потенциалын және де беккемлеў жолында әҳмийетли майданға айланды.