Сөйлесиўлер ўақтында әмелдеги бирге ислесиў нәтийжелери, университеттиң жумысы, сондай-ақ, кампусты кеңейтиўге байланыслы мәселелер додаланды.
Министрдиң атап өтиўинше, 2019-жылы басланған шериклик сезилерли нәтийжелер берген: студентлер саны 360 тан 6500 ге шекем көбейген, соңғы үш жылда жоқары оқыў орны питкериўшилери мийнет базарына табыслы кирип бармақта. Быйыл университетке 2850 студент қабыл етилди.
Тәреплер келешектеги бирге ислесиў перспективалары бойынша пикир алысты. Қ.Шарипов еки тәреплеме қатнасықлар избе-из раўажланып атырғанын атап өтип, болажақ форум шеңбериндеги сөйлесиўлер даўам ететуғынына исеним билдирди.
Мағлыўмат ушын, 19-20-сентябрь күнлери Ташкентте Билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў бойынша халықаралық форум (IQAF) болып өтеди.