Пәрманға муўапық, 2026-жыл 1-июльден баслап қадағалаўшы уйымлар тәрепинен ҳүжжетте санап өтилген жағдайларда исбилерменлик субъектлеринде тексериўлер өткериў тәртиби басқышпа-басқыш енгизиледи.
2026-жыл 1-январьдан баслап:
импорт етилген азық-аўқат өнимлериниң 9 ай даўамында (гөш ҳәм жаңа мийўе-овош өнимлериниң 3 ай даўамында) сатылмағаны ҳәм бул өнимлердиң қалдығында БЕМның 500 есесинен артатуғын баҳасының бар екенлиги көшпели салық тексериўин өткериў ушын тийкар болып есапланады;
көшпес мүлк объектлери ҳәм қурылыс материаллары бойынша салық базасы усы товарлардың базар баҳасынан келип шығып белгиленеди;
Өзбекстан аймағында физикалық шахсларға электрон түрде хызмет көрсетиў ҳәм товарларды реализациялаў менен шуғылланыўшы сырт елли юридикалық шахслардың салық уйымында дизимнен өтпестен жумыс алып барып атырғаны ҳәм дизимнен өткериў зәрүрлиги ҳаққында хабарнама жиберилгеннен соң 30 күн ишинде дизимнен өтпегенлиги анықланған жағдайда, бул юридикалық шахслардың Өзбекстандағы жумысы шекленеди;
салық уйымлары тәрепинен анықланған айырмашылықларды тийкарлаў ушын салық төлеўшилер тәрепинен камерал салық тексериўин өткериў процесинде қосымша ҳүжжетлер усынылғанда салық уйымлары тәрепинен қосымша ҳүжжетлердиң көрип шығылыўы мәжбүрий болып есапланады.








